Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағынан өтетуғын «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» 4P 176 автомобиль жолының 18-километрине ҳәр қандай жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде радар үскенеси орнатылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги рәсмий сайты хабар берди.

Ҳәкимлик барлық автотранспорт басқарыўшыларын жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўге шақырып қалады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.