Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министр Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён менен телефон арқалы сөйлести.

БАӘ Бас министриниң орынбасары дослық қатнасығындағы Әмирликлер халқы ҳәм мәмлекет басшысы атынан Өзбекстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлады.

Соның ишинде, БАӘ Президенти Шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаён, Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры, БАӘ Қураллы күшлери Жоқары бас сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён ҳәм БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлигиниң ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактумниң қызғын қутлықлаўы ҳәм жақсы тилеклери жеткерилди.

Сөйлесиўде быйыл март айында БАӘға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапардың жуўмақлары айрықша баҳаланып, бул сапар етиў еки тәреплеме қатнасықларды жедел пәтлерде раўажландырғаны, оларды сапа жағынан жаңа мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында қаржы ҳәм инновациялар тараўларында, энергетика, нефть-газ ҳәм химия санаатында, транспорт, туризм ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын модернизациялаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да бағдарларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы БАӘ жетекши компаниялары менен шөлкемлериниң алдынғы тәжирийбеси ҳәм билимлеринен пайдаланған ҳалда өз-ара пайдалы бирге ислесиўге байланыслы қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды жақсы алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

ӨзА