Мектепке шекемги жастағы балаларға пуқта тәлим-тәрбия бериў, оларды ҳәр тәреплеме мектеп билимлендириўине таярлаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларының бири болып табылады.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў тараўына айырықша дыққат ҳәм итибар қаратылып келинбекте.

Елимиз тарийхында усы күнге шекем болмаған бундай ғамқорлық ҳәм итибар ҳәр бир ата-ананы шексиз қуўанышқа бөледи.

Бала шадлығы, күлкиси, тәрбиясы ҳәмме нәрседен үстин, оларға усындай бахытлы балалықты инәм етиў – бизиң баслы ўазыйпамыз.

Бунда ҳәр бир тәрбияшының методикалық базасы бай болыўы керек. Сонда ғана тәрбияшы ҳәр күни балаларға бир жаңалықтан үйретип барса, балалардың келешегине беккем тырнақ қалаған боламыз.

Соның менен бирге, ҳәр бир тәрбияшыда дөретиўшилик қәбилети жоқары болыўы керек. Себеби, тәрбияшы усы қәбилети арқалы баланың дүньяға болған көз-қарасын раўажландырады.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде жаз мәўсими – июнь, июль, август айлары жазғы саламатластырыў дәўири болып есапланады.

Бул дәўир балалардың шексиз қуўанышларға толы мәўсими болып табылады. Себеби, усы дәўирде балалар тынығып ойнап, тәбият қушағында сейил етип, шомылып, шынығады, тәбияттың таза ҳаўасынан тойып нәпес алады, күшке толады.

Ҳәр бир мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде жазғы саламатластырыў дәўири белгиленген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде көрсетилген талаплар тийкарында алып барылады.

Әтирапты абаданластырыў, тазалығын сақлаў, спорт майданшаларын ҳәр қыйлы қураллар менен толтырыў, ойын майданшаларына ҳәр күни суў себиў, қум, суўдағы спорт ойынлары, ҳәр қыйлы дене шынықтырыў ойынлары ушын барлық шараятлар жаратылып, ҳәр күни қадағалаўға алынады.

Ҳәр бир тәрбияшы балалар раўажланыўының тийкарғы бағдарлары бойынша ис жобаларын дүзеди, жазғы дәўирде балалардың ҳәрекетлериниң шаққанлығын арттырыў, балалар менен жеке түрде ислесиўди жобаластырып алады ҳәм усы тәризде күн тәртибин дүзеди.

Ата-аналар ушын мәсләҳәтлер, усыныслар таярлайды. Балалар менен ислесиў ушын сыртқы материалларды таярлайды.

Бундағы баслы ўазыйпа көркем ҳәм эстетикалық тәрбияға байланыслы жумысларды күшейтиў, балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, музыкаға болған қәбилетлерин раўажландырыў, ҳәр бир баланың мәдений ҳәм гигиеналық көнликпелерин жетилистириў, қоршаған орталыққа саналы қатнас жасаў және мийнетсүйгишликке үйретиўден ибарат.

Тәбият ҳәдийселерин жанлы ҳәм жансыз тәбият объектлерин бақлаў арқалы экологиялық билимлендириў нәтийжесинде балалардың сезимталлығы жетилистирилип барылады.

Ҳәр бир баланың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айырықша итибар бериледи.

Ҳаўа райын есапқа ала отырып, ашық ҳаўада азанғы гимнастикалық шынығыўлар, ҳәрекетлери ойынлар, жарыс элементлери арқалы халық ойынлары, спорт ойынлары, сондай-ақ, байрамлар, сейиллер шөлкемлестириледи.

Балалардың қуяш нуры тәсиринде ҳәдден тыс қызып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде ҳәрекетли ойынлар қуяш нуры аз түсетуғын ўақытларда, саялы-салқын жерлерде өткериледи.

Жаз мәўсими, жазғы саламатластырыў дәўири – балаларымыздың шадлықларға толы дәўири.

Биз, тәрбияшылар алдына өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан етип тәрбиялаўдай уллы ҳәм әдиўли ўазыйпа қойылған.

Бул ўазыйпаны шын жүректен орынлаў ушын билим ҳәм көнликпелеримиз, тәжирийбелеримизди жумсап, жалықпастан, тынымсыз мийнет етиўимиз тийисли. Өйткени, балалар бизиң қуўанышымыз себепшиси, ертеңги келешегимиз ийелери болып есапланады.

 

Зинахан Камалова,

Қанлыкөл районындағы 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияшысы.