Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги Uztelecom компаниясы менен биргеликте 2019-жылдың Президент мектеплерине 22-24-июль күнлери болып өтетуғын тийкарғы қабыллаў имтиханларын реал ўақыт режими(online)нде бақлаў ушын имканият жаратты.

Тийкарғы қабыллаў имтиханларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде имтиханлардың видео-стримингин шөлкемлестирмекте. Барлық қәлеўшилер кириў имтиханлары процесслерин https://test2019.uz/ силтемеси арқалы online бақлаўлары мүмкин.

Наманган, Нөкис, Хорезм ҳәм Ташкент қалаларында қабыллаў имтиханлары өткерилиўи мөлшерленген имаратларда веб-камералар орнатылған, олар өз гезегинде онлайн тәризде кириў имтиханларының барлық процесслерин көрсетеди.

Бет TAS-IX аймағында жайласқанлығы себепли, видео ағымының жүклениўиндеги тезлигин тәмийинлейди. Көп ғана интернет-провайдерлер TAS-IX дағы трафиклерге ҳақы алмағаны ушын, пайдаланыўшылардың қаржылары үнемленеди.

ӨзА