2019-жылдың 1-июль ҳалатына бола елимизде пенсия ҳәм напақа алыўшылардың улыўма саны 3 593 532 ямаса халық санындағы үлеси 10,8 процентти қурады.

Пенсия қорының мәлим етиўинше, 3 млн. 593 мың 532 пенсия ҳәм напақа алыўшалардың 75 проценти жасқа байланыслы пенсия алыўшылар, 10,5 проценти майыплық пенсиясын алыўшылар, 4,9 проценти бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшы шаңарақлар,  9,6 проценти напақа алыўшыларды қурайды.

2019-жылдың 1-январь ҳалатына салыстырғанда жасқа байланыслы пенсия алыўшылар саны 75 450, майыплық пенсиясын алыўшылар саны 6 593, бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшы шаңарақлардың саны 3 833 ҳәм жасқа байланыслы, майыплық ҳәм бағыўшысын жоғалтқанлық напақасын алыўшы шаңарақлардың саны 22 812 ге артқан.

2019-жылдың январь-июнь айларында 170 мыңнан аслам пуқаралардың мүрәжатларына тийкарланып дәслепки рет (жаңа) пенсия ҳәм напақалар тайынланды.

photo5296781663927380937.jpg

2019-жылдың 1-июль ҳалатына бола, Медициналық-мийнет экспертиза комиссияларының майыплық белгиленгенлиги ҳаққындағы медициналық мағлыўматлары ҳәм Медициналық мәсләҳәт комиссия (ММК)ларының майыплығы белгиленгенлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақларына тийкарланып майыплық пенсия ҳәм напақа алыўшылардың улыўма саны 666 996 қурап, жыл басына салыстырғанда 3,4 процентке көбейди.

2019-жылдың январь-июнь айларында Медициналық-мийнет экспертиза комиссияларының (ММЭК) майыплығы белгиленгенлиги ҳаққындағы бирлемши медициналық мағлыўматларды ҳәм Медициналық мәсләҳәт комиссиялары (ММК) тәрепинен берилген бирлемши майыплық медициналық жуўмақларға тийкарланып 36 000 майыплығы болған шахсларға биринши рет майыплық пенсия ҳәм напақалар тайынланып, жәми жаңа тайынланған пенсия ҳәм напақалар санындағы үлеси 20,9 процентти қурады.

2018-жылдың январь-июнь айларында 169 340 пуқараның мүрәжатына тийкарланып дәслепки рет пенсия ҳәм напақалар тайынланған. Соннан 35 252 сине майыплық пенсия ҳәм напақалар тайынланған (соның ишинде, 24 650 и 16 жастан үлкен жастағы майып шахслар ҳәм 10 602 си 16 жасқа шекемги майып балалар).

ӨзА