Усы жылдың 29-июнинен 2-июлине шекем өткерилген таңлап алыў имтихан нәтийжелери 16-июль күни Cambridge Assessment International Education шөлкеминиң веб-сайтында жәрияланды:

Тест нәтийжелерин компьютерден пайдаланған ҳалда усы СИЛТЕМЕ арқалы көриўиңиз мүмкин.

Усы көрсетилген веб-сайтқа киргениңизден кейин:

  1. Талапкердиң тапсырған аймағын сайлаң.

(Ташкент, Наманган, Хорезм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы.)

  1. Соң Президент мектеплерине тапсырған классты сайлаң.

(5-, 6-, 7-, 8-, 9-, 10-класс)

  1. Талабанның нәтийжесин билиў ушын излеў клавишин басып (Ctrl+F), сизлерге усынылған 11 санлы арнаўлы идентификация санын териң ҳәм Enter клавишин басың.
  2. Жуўмақлаўшы басқыш имтиханларына өткен талабанлар – кестениң жоқары бөлегинде көк реңде белгиленген болады.
  3. 5. Жуўмақлаўшы басқыш имтиханларына өте алмаған талабанлар болса – ақ рең менен белгиленген болады.

Жәрияланатуғын нәтийжелердиң үлгиси төмендеги сүўретте келтирилген.

Усы көрсетилген дизим ҮЛГИ екенлигин умытпаң

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-июнь 526-санлы қарарының «Президент мектеплери ҳаққындағы Реже»си 41-бәнтине тийкарланып Президент мектеплерине кириў имтиханларының нәтийжелерин тексериў ҳәм талапкерлердиң жуўаплар нәтийжелерин баҳалаў билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырған сырт ел шөлкеми – Cambridge Assessment International Education тәрепинен әмелге асырылады. Нәтийжелер аноним тәризде жәрияланады. Талабанның жеке мағлыўматлары көрсетилмейди.

Сондай-ақ, Президент мектеплери талабанларға қойылатуғын талаплар ҳәм қабыллаў тәртиби бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.

СИЛТЕМЕ

https://www.admissionstesting.org/pre-selection-results/

Тийкарғы имтиханлар 21-24-июль күнлери өткерилиўи режелестирилген. Жуўмақлаўшы басқышқа таңлап алыў имтиханларына қатнасқан 27 119 талабаннан 11 520 сы (42,5%), яғный қабыллаў квотасында белгиленген ҳәр бир орынға 20 адам есабынан талапкерлер жоллама алады.

Талабанлар тийкарғы имтиханларға пуқта таярлық көриўлери мақсетинде Англияның  Cambridge Assessment шөлкеми тәрепинен Президент мектеплерине кириў имтихан сораўларының үлгиси инглис тилинде усынылған. Мағлыўмат ушын қосымша етилмекте.

photo5292158161698008215.jpg

Ҳүрмет пенен,

Президент мектеплери ҳәм Cambridge Assessment International Education  жәмәәти.

 

ӨзА