Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети баслығы Э.Боситхонованың мәлим етиўинше, Өзбекстанда өз жанына қастыянлық етиў көрсеткишлери ҳәр 100 мың адамға 5,2 жағдайды қурайды.

Усы жылдың өткен дәўирин анализлейтуғын болсақ, өз жанына қастыянлық етиў еркеклер арасында 57,3 процентти, ҳаял-қызлар арасында 42,7 процентти қураған.

Оның сөзлерине қарағанда, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан халқы 33 миллион екенлигине есапқа алсақ, бир жылда 700 ден аслам еркек, 600 ден аслам ҳаял-қызлар өз жанына қастыянлық етип атырғаны мәлим болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.