11-18-июль күнлери Өзбекстан бойлап ҳаўаның температурасы орташа көп жыллық өлшемлерден 5-7 градусқа шекем жоқары болған ҳалда оғада ыссы болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Гидрометеорологиялық хызмет орайы хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары 40-42 градусқа шекем, Өзбекстанның қубласында ҳәм шөл аймақларында 43-45 градусқа шекем көтериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.