2019-жыл 30-май 5-июль күнлери аралығында Самарқанд ўәлаятында жаслар арасында спорттың баскетбол түри бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионатының жуўмақлаўшы төртинши тур ойынлары болып өткен еди. Онда Нөкис қаласындағы Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тәрбияланып атырған сайланды командамыз нәтийжели түрде қатнасып, сыйлы екинши орынды ийелеп қайтты.

Сондай-ақ, 1-5-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың бадминтон түри бойынша 2005-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги ушын жарыс өткерилип, оған усы мектепте тәрбияланып атырған 4 қыз ҳәм 4 бала қатнасып қайтты. Ер балалар арасындағы өткен жарысларда республикамыздан қатнасқан жас  спортшы К.Махамбетов жеке жарыста биринши, ер балалар арасындағы жуплық жарысларда К.Махамбетов ҳәм Д.Шимбергеновлар жуплығы екинши орынды ийеледи. Ал, басқалары төртинши ҳәм бесинши орынлар менен шекленди. Бул жарыста улыўма командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы сыйлы үшинши орынды ийеледи.

6-июль күни Нөкис темир жол вокзалында усы жас спортшыларымызды күтип алыў мәресими болып өтти. Оған мектеп басшылары, тараў қәнигелери ҳәм спортшыларымыздың туўған-туўысқанлары қатнасты.

– Тренеримиз Н.Аметовтың басшылығында жарысқа жақсы таярлық көрип едик,-дейди К.Махамбетов. – Бирақ қарсыласларымыз жарыстың жеке, аралас түрлери бойынша күшлилик етти. Енди бизлер келеси жарысларға буннан да жақсы таярлықлар көрип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.