Президенттиң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, 2019/2020-оқыў жылынан әскерий бөлимлер сәркардалығының усыныс хатына ийе болған пуқаралар тек ғана жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде топланған баллардың 50 проценти муғдарындағы қосымша балл түриндеги жеңилликке ийе болады.

Бурын республиканың барлық жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўде усы жеңиллик берилген.

Әскерий бөлимлер сәркардалығының усыныс хатына ийе пуқаралар республиканың басқа да жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырғанында қабыллаў квоталарынан бөлек қосымша ажыратылған (5 процент) квота шеңберинде тестлерде қатнасады.

ӨзА