Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын байланыстырыўшы Гүрлан-Әмиўдәрья темир жол линиясын қурыў ҳаққындағы усыныс «Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында жәрияланды.

«Хорезм ўәлаятының Шовот районынан Гүрлан және Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районлары арқалы жаңа темир жол қурып, Мискин-Нөкис темир жолы менен байланыстырыўды усыныс етемен», – деп жазылған мүрәжат басында.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Саратов-Ташкент ҳәм Волгоград-Ташкент поездлары Үргенишке кириўи ушын Нөкис-Мискин-Үргениш маршруты бойлап 200 километрге шамалас артықша жол жүреди (Үргенишке жақын жерден өтип, Мискин станциясынан және артқа қайтады) ҳәм жолаўшылар 3 саатқа шамалас ўақыт жойтады. Усыныс етилип атырған жол қурылып, иске қосылса, жөнелис ўақты 2-3 саатқа қысқарады, бул болса үлкен экономикалық нәтийжелиликке ийе. Сондай-ақ, Гүрлан ҳәм Әмиўдәрья районларында жаңа жумыс орынлары жаратылады. Бул районларға жүклерди жеткерип бериў бир қанша арзанлайды.

«Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, Гүрлан-Әмиўдәрья темир жол линиясын қурыўды усыныс етемиз», – деп жуўмақлаған петиция авторы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.