3-4-июль күнлери «Ўзавтосаноат» АК ҳәм «UzAuto Motors»  АЖ тәрепинен медиа-тур шөлкемлестирилди.

Медиа-тур даўамында елимизде жумыс алып барып атырған жигирмаға шамалас ҒХҚ хызметкерлери еки күн даўамында Ферғана ойпатлығында жайласқан завод ҳәм кәрханаларда болып, Өзбекстанда автомобиль қурылысы санаатын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, локализациялаў бағдарламасының жақын келешектеги режелери менен танысты.

Медиа-турды Асакадағы «UzAuto Motors» заводында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясы жуўмақлады. Онда қатнасқан «UzAuto Motors» АЖниң бас директоры ў.ў.а Рустам Ражабов ҒХҚ хызметкерлерин қызықтырған көплеген сораўларға жуўап берди.

– Кейинги жылларда General Motors компаниясы тәрепинен бир қатар автозаводлар сатып жиберилди. Себеби соңғы ўақытларда GM компаниясы бир қанша зыян менен ислеп атырған еди. Финанслық жоғалтыўларды азайтыў мақсетинде компания сырт елдеги заводларын сата баслады.

Соның ишинде, Малайзиядағы ири завод, сондай-ақ, Европа мәмлекетлери аймақларындағы заводларды да сатты. Нәтийжеде компанияның экономикалық жағдайы унамлы тәрепке өзгерди. Олар өткен жылда-ақ«GM Uzbekistan»дағы акцияларын, жақсы билесиз заводтың 25 процент акциясы GMға тийисли еди, соны Өзбекстанға сатыўға қарар етти.

Бул нени аңлатады, енди Өзбекстан автомобиль қурылысы санааты да ҳеш кимге қараслы емес. 1-июльден болса «GM Uzbekistan» рәсмий «UzAuto Motors» АЖға айландырылды. Бирақ, GM Өзбекстанды тәрк еткени менен бизлердеги автомобиль ислеп шығарыў технологиясы General Motors компаниясының стандартлары бойынша даўам еттириле береди. Яғный, ишки базарға автомобильлер Chevrolet бренди менен ислеп шығарылыўда даўам етеди, бирақ экспортқа шығарылып атырған өнимлер болса Ravon бренди астында ислеп шығарылады ҳәм өз ийелерине жеткерип бериледи.

Медиа-тур шеңберинде ҒХҚ хызметкерлери UzSangvu, Avtooyna, Uz-Chasys, Uz-Koji, UzDongVon ҳәм UzAuto Motors заводларына сапар етти.

ӨзА