Күни кеше Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин мобиль видеобақлаў қураллары менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарардың талапларына бола, жол-патруль хызмети инспекторларын боди-камералар менен тәмийинлеў ҳәм оларды иске қосыў мүддети 2020-жылдың 1-январына шекем созылды.

Бул ҳаққында ӨзАға Өзбекстан Республикасы Ишки ишлер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының баспасөз хызмети хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмәәт қәўипсизлигин тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында усы бағдарда әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар ҳәм олардың орынлаўшылары, усы жумысларға жуўапкерлер, орынлаў мүддетлери белгилеп берилгенин атап өтиў керек.

Қарардың орынланыўы бойынша жүдә көплеген жумыслар әмелге асырылды. Боди-камераларды сататуғын шөлкем анық болды. Енди пүткил дыққат-итибар мағлыўматларды сақлаў қурылмаларын сатып алыў, программалық тәмийнатты ислеп шығарыўға қаратылған. Бул ўазыйпаның да тийкарғы бөлеги орынланған. Ертең жолларда ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар, пикир-таласлар келип шықпаўы, мине, усы программалық тәмийинаттың дурыс ҳәм анық ислеўине ҳәр тәреплеме байланыслы.

ӨзА