Республикамыздың ғәллекешлери мәмлекетке дән сатыў бойынша шәртнама режесин артығы менен орынлаўға еристи.

2019-жылдың зүрәәти ушын өткен жылы 2729 фермер хожалығы тәрепинен 53 мың гектарға гүзлик бийдай егилген еди. Соннан елимиздиң қырманына 102 мың 110 тонна дән тапсырыў бойынша контрактация шәртнамасы дүзилди. Агротехникалық илажлардың өз ўақтында сапалы алып барылыўы нәтийжесинде дерлик барлық районларда дийдиленген зүрәәт алыўға ерисилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-майдағы «2019-жылдың зүрәәти ушын гүзги масақлы дән егинлерин өз ўақтында зая етпестен орып-жыйнап алыў илажлары ҳаққында»ғы протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  ғәлле орым-жыйын мапазына 190 дана жоқары өнимдарлы комбайн бириктирилип, ҳәр бир комбайн отряд усылында жумыс алып барды. Усының нәтийжесинде бүгинги күнге 49 мың гектар майдандағы ғәлле орып-жыйып алынды.  Усы майданлардан гектарына 54-55 центнерден өним алыўға ерисилди. Нәтийжеде мәмлекетимизге 105 мың тоннадан аслам дән тапсырып, шәртнама режеси 103 процентке жеткерилди. Бүгинги күнге Беруний, Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала, Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис районлары артығы менен орынлап, жоқары көрсеткишлерге еристи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-ноябрьдеги «Масақлы дән жетистириўди буннан былай да хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық жетистирилген масақлы дәнниң зүрәәтлилигине қарай 25 процентке шекем қосымша ҳақы төлеп берилиўи нәтийжесинде 2127 фермер хожалығы дән тапсырыў режесин артығы менен орынлап шықты. Олардан Әмиўдәрья районындағы «Хилола Раджапова», Елликқала районындағы «Бургутқалъа саодати», Төрткүл районындағы «Абат Төрткүл», Беруний районындағы «Уразбаев Мансур», Тақыятас районындағы «Төреев Султанмуратбий», Нөкис районындағы «Ықлас Орынбай» фермер хожалықлары гектарына 70-80 центнерден өним алып, пидәкерлик мийнеттиң үлгисин көрсетти.

Атызларда қалған зүрәәтти де сепситпей орып-жыйнап алыўдың илажлары көрилип, бул жумыслар даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.