Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине улыўма 96 орын ажыратылған болса, соннан 25 мәмлекетлик грант, 71 төлемли контракт тийкарында талабанлар қабыл етиў белгиленген.

Өткен жылы магистратура қәнигеликлери 14 болған болса, быйылғы жылы олардың қатарына жаңадан инглис тили, қазақ тили ҳәм әдебияты, химия, география, технологиялық билимлендириў қәнигеликлери қосылып, улыўма қәнигеликлер 19 ға жетти.

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (химия) қәнигелигине улыўма 4 магистрант қабыл етиледи (2 мәмлекетлик грант, 2 төлемли контракт тийкарында қарақалпақ тили топарына).

Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (география) қәнигелигине улыўма 4 магистрант қабыл етиледи (1 мәмлекетлик грант, 3 төлемли контракт тийкарында қарақалпақ тили топарына).

Шет тили ҳәм әдебияты (инглис тили) қәнигелигине улыўма 6 магистрант қабыл етиледи (1 мәмлекетлик грант, 5 төлемли контракт тийкарында қарақалпақ тили топарына).

Билимлендириў ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (технологиялық билимлендириў) қәнигелигине улыўма 4 магистрант қабыл етиледи (1 мәмлекетлик грант, 3 төлемли контракт тийкарында қарақалпақ тили топарына).

Ана тили ҳәм әдебияты (тиллер бойынша): қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине улыўма 4 магистрант қабыл етиледи (2 мәмлекетлик грант, 2 төлемли контракт тийкарында қазақ тили топарына).

Еслетип өтемиз, ҳүжжетлер усы жылдың 1-30-июль күнлери аралығында институттың өзинде қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.