Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларына ҳәзирги ўақытқа шекем 70 мыңнан аслам абитуриент ҳүжжет тапсырған. Олардың арасында Ферғана мәмлекетлик университетине ҳүжжетлерин тапсырған 72 жаслы ҳаял да бар, деп айтып өткен Мәмлекетлик тест орайы басқарма баслығы Б.Ражабов.

Атап өтилиўинше, быйылғы жылдан баслап жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўда жасқа байланыслы болған шеклеўлер алып тасланған. Сондай-ақ, денсаўлық жағдайы бойынша мағлыўматнама да соралмайды.

1-июльдан баслап күнлик ҳүжжет тапсырыў көрсеткиши кескин артқан. Бул ҳаққында бираздан соң сайтымызда оқыйсыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.