Усы жылдың 30-июнь күни саат 05:25 лерде намәлим транспорт басқарыўшысы анықланбаған автомашинаны Нөкис районы «Ақмаңғыт» АПЖ аймағынан өтетуғын «Нөкис-Ақмаңғыт-Кегейли» жолында басқарып баратырып пияда, Нөкис районы «Төк таў» МПЖ аймағында жасаған 35 жаслы Ж.Б.ны қағып кетип, ўақыя орнынан қашып кеткен.

Ақыбетинде пияда Ж.Б. емлеўханаға жатқарылған ҳәм көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан қайтыс болған.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, жол-транспорт ҳәдийсесин әмелге асырған транспорт басқарыўшысын анықлаў ҳәм услаў шаралары көрилген. Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ҳүрметли пуқаралар, егер сиз усы ҳәдийсениң гүўасы болған болсаңыз ямаса усы ҳәдийсеге байланыслы болған, сондай-ақ, усы жол-транспорт ҳәдийсесин әмелге асырған шахс ҳәм оның автомашинасы ҳаққында белгили бир мағлыўматқа ийе болсаңыз ишки ислер уйымларының аймақлық бөлимлерине ямаса «102» телефон номерине хабар бериўиңизди сораймыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.