Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының халықаралық қысқарған атамасы Ajiniyaz Institute деп қолланылатуғын болды. Институттың гезектеги илимий кеңесинде усылай қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында институттың халықаралық байланыслар бөлими хабар берди.

Дүнья әмелиятында жоқары оқыў орынларының халықаралық қысқарған атамасын қолланыў кең ен жайған жағдай саналады. Мәселен, Гумилев атындағы Евразия миллий университетиниң халықаралық атамасы Eurasian National University, Самара мәмлекетлик илим изертлеў университети болса,  Samara university ҳәм т.б.

Усы күнге шекем институттың инглис тилиндеги атамасы (Nukus state pedagogical institute named after Ajiniyaz) қысқартыўда Nukus SPI яки NSPI деп қолланып келинген.

Халықаралық илимий журналларда институттың ҳәр қыйлы атамаларда жазылыўы шәлкем-шалыслықты жүзеге шығарып келген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.