Үстирт нефть-газ аймағында үлкен көлемдеги газ резерви болыўы мүмкин, – деди «Өзбекнефтьгаз» басқарыў директоры Б.Сиддиқов. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Оның сөзлерине қарағанда, бул жерде соңғы 2 жылда 3 жаңа кән ашылған.

«Күни кеше «Арыслан-12» қудығында газ пайда болды. Үш кәнниң барлығы бир пүтин екенлиги болжанбақта. Кеше газ шыққан «Арыслан-12» усы Арыслан ҳәм Қубла Сүргил кәнлери арасында жайласқан», – деди Сиддиқов.

Бул болса усы аймақта «үлкен көлемдеги газ кәни жайласқан» деп айтыўға тийкар болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.