25-26-июнь күни Қарақалпақстан Республикасының әскерий структуралары Жаслық посёлкасында шәртли террористлер топарын жоқ етиў бойынша тактикалық-арнаўлы шынығыўларды өткерди. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.

Сценарияға муўапық, шәртли террористлер топары кәрхана объектлерин ийелеп, хызметкерлерди «тутқын»ға алды. Әскерлер «тутқынлар»ды қутқарып, «террористлер»ди жоқ етти. Операция процесинде сапёрлар жасалма «бомбалар»ды анықлап, оларды зыянсызландырды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.