Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-апрельдеги «Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жайының шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында қурылған бул турақ жайлар аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 16 пуқараға, соның ишинде 14 ҳаялға басланғыш төлемсиз берилди.

Бул ҳүжжет тийкарынан Ҳәрекетлер стратегиясының 2018-жылғы бағдарламасында көрсетилген «Аўыр турмыс шараятларында жасап атырған, бағыўшысын жоғалтқан, майыпларға қарап атырған шаңарақларға социаллық жәрдем көрсетиў» бәнтиниң орынланыўы бойынша әмелге асырылған әмелий қәдемлерден бири болған еди. Өткен жылы усы бағдарламаға бола, Қарақалпақстан Республикасы бойынша аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, атап айтқанда, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған, турақ жайға мүтәж жәми 145 ҳаял-қызға турақ жай берилди. Олардың басланғыш төлемлери республика бюджетинен тысқары қаржылар ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Жәмийетлик фонды есабынан төленди. Быйыл да аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаяллардың турақ жай менен байланыслы машқалаларына әмелий шешим табыў мақсетинде илажлар даўам еттирилмекте.

Әмиўдәрья районында болып өткен усындай 14 ҳаялға жаңа турақ жайлардың гилтлерин тапсырыўға арналған илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Өзбекстан Республикасы бас прокурорының орынбасары Э.Тажиев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Ҳалимов, Әмиўдәрья районы ҳәкими С.Йўлдошев ҳәм район жәмийетшилиги, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.