27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар белсенди журналистлер хошаметленди.

Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық өзгерислер процеси ҳәм Арал машқаласын сапластырыўға бағышланған дүркин еситтириўлери ушын Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы радиоканалының редакторы Гөззал Якудаева «Жылдың ең белсенди журналисти» деп табылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.