Өзбекстан “VETERAN”  жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплары бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бирликте жаўынгер ветеранлар ушын «Мийнетсүйгиш шаңарағым» жойбары шеңберинде оқыў-семинар шөлкемлестирди.

Оған Хожели, Кегейли, Нөкис районларының ҳәм Нөкис қаласының жаўынгер ветеранлары қатнасты.

Оларға бирлеспе қәнигелери, тийисли тараў ўәкиллери шарўашылық, балықшылық, пал ҳәрресин сақлаў, өз қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыў, кластер, гидропоникалық усылда тамшылатып суўғарыў сыяқлы исбилерменликтиң түрли бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берди.

Семинар даўамында аўған урысы ветеранларының өз исбилерменлигин жолға қойыўда оларға усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берилип, оларды 8 ай даўамында исбилерменлик тараўындағы профессор-оқытыўшылар тәрепинен оқытыў, коммерциялық банклер менен келисилген ҳалда 25 аўған урысы қатнасыўшысына өз исбилерменлик жумысын баслаўына жәрдем бериўге келисип алынды.

  • Жаўынгер ветеранларды жумысқа орналастырыў, оларға исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын да жеңилликлер жаратылған,-дейди бирлеспениң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Б.Таджимов. – Бирлеспениң тийкағы мақсети – Өзбекстан жаўынгер ветеранлары, урыс майыплары ҳәм қайтыс болған әскерлердиң шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда белсенди қатнасыў, олардың медициналық ҳәм руўхый жақтан саламатластырылыўын ҳәм реабилитациясын тәмийинлеўде жәрдем көрсетиўден ибарат.

Мәселен, қәнигеликке ийе болмаған, сондай-ақ, денсаўлығына бола кәсибин өзгертиўге мәжбүр болған ямаса жаңа кәсипти ийелеўди қәлеген майыплар арнаўлы оқыў-өндирислик орайларда қәнигелигин арттырыўы мүмкин.

Ветеранлар тийисли кәсип ямаса өндиристе қәнигелик арттырыў пайытында толық мәмлекетлик тәмийнатта болады. Оларға исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў, мәселен, өз үйинде шарўашылық, қусшылық пенен шуғылланыў, ыссыхана шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредитлер берилмекте.

Аўған урысы қатнасыўшыларын социаллық қоллап-қуўатлаўда бирлеспемизге жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жақыннан жәрдем көрсетилмекте.

Семинарда, қатнасыўшыларға банк тәрепинен берилетуғын кредит түрлери, исбилерменликти баслаўда көбирек нелерге итибар қаратыў кереклиги, кредиттиң тәртип-қағыйдалары бойынша терең түсиниклер берилип, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.