Президент мектеплерине тапсырған талабанлардың саны жобаластырылғанынан да көбейип кеткенлиги себепли кириў имтиханларын өткериўге жуўапкер болған сырт елли шөлкем Cambridge Assessment – сайлап алыў басқышы имтиханлары (pre-selection) өткерилиўи керек екенлигин мәлим етти.

Президент мектеплерине сайлап алыў басқышының имтиханлары 2019-жыл 26-июнь – 3-июль күнлери аралығында болып өтеди.

Ата-аналар оқыўшылар менен биргеликте 2019-жыл 26-27-28-июнь күнлери Президент мектеплериниң сайлап алыў имтиханларына таярлық күнлери (orientation day) – сайлап алыў басқышы имтиханлары болып өтетуғын имаратқа барады ҳәм имтиханға таярлық бойынша барлық тийисли мағлыўматларды алады.

Бул ҳаққында ҳәр бир ата-ананың мағлыўматнамада көрсетилген телефон номерине СМС-хабарнама жибериледи.

СМС-хабарнаманы алғаннан соң Президент мектеплериниң рәсмий веб-сайты – pm.xtv.uz арқалы қай жерге ҳәм қашан барыўды билип алыў мүмкин.

Демек, ата-аналар кириў имтиханларына таярлық күнине веб-сайтта көрсетилген мәнзилге, сол күни ҳәм ўақытта барыўы керек. Олар өзлери менен бирге оқыўшының туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасын алып келиўи шәрт.

Президент мектеплерине сайлап алыў басқышы имтиханлары 29-30-июнь ҳәм 1-2-3-июль күнлери болып өтеди.

Толық мағлыўматлар ата-аналар ҳәм оқыўшыларға 26-27-28-июнь күнлери даўамында жеткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.