Пайтахтымызда Орайлық Азия мәмлекетлери Омбудсманларының үшинши регионаллық мәсләҳәтлесиўи болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили У.Муҳаммадиев, БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкили Р.Коменда, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили М.Димовска ҳәм басқалар бүгин дүнья жүзинде инсан ҳуқықларына байланыслы қатнасықлар барған сайын әҳмийетли болып баратырғаны, ҳәр жылғы өткерилип атырған регионаллық мәсләҳәтлесиў болса инсан ҳуқықлары бойынша бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў, бул бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў ушын өзине тән сөйлесиў майданы болып атырғанын атап өтти.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет Орайлық Азия регионында ҳуқықты қорғаў тараўындағы машқалаларға нәтийжели шешим табыў ҳәм биргеликте бул машқалаларды сапластырыў бойынша анық механизмлерди ислеп шығыўдан ибарат. Бул бойынша халықаралық стандартлар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер үлкен әҳмийетке ийе.

photo5226571769115159332.jpg

Мәжилис даўамында Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери  өз мәмлекетлеринде инсан ҳуқықлары тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы, Омбудсманның жумысына ҳәр-тәреплеме тоқтап өтти.

– Бул илаж БМШның Раўажланыў бағдарламасы, БМШның Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы ҳәм Омбудсман инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың Глобаллық альянсы арасындағы үш тәреплеме бирге ислесиў жәрдеминде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша «Жол картасын» ислеп шығыў имканиятын береди, – дейди БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили М.Димовска. – Жолға қойылған бул сөйлесиўдиң нәтийжесинде Миллий ҳуқықты қорғаў мәкемелери өз-ара ҳәрекетлерди жақсырақ муўапықластырыўы ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы машқалалардың тек ғана мәмлекет емес, ал регион көлеминде нәтийжели шешимлерин биргеликте ислеп шығыўы күтилмекте.

Регионаллық мәсләҳәтлесиўдиң жуўмағы бойынша бирге ислесиўди беккемлеў бойынша «Жол картасы» қабыл етилди. Усы илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

photo5226571769115159333.jpg

Сол күни Олий Мажлис Сенатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоевтың Орайлық Азия Омбудсманлары регионаллық мәсләҳәтлесиўине қатнасыўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Онда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша кең көлемдеги мәселелер бойынша пикир алысылды.

Регион мәмлекетлери менен бирге ислесиў Өзбекстанның сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенлиги атап өтилди. Мәмлекетлеримиз арасында ҳәр тәреплеме қатнасықлардың турақлы раўажланыўы, халықаралық шөлкемлер ҳәм институтлар шеңберинде әмелий бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы, парламентлераралық байланыслардың беккемлениўи регионда интеграцияны және де тереңлестириўге ҳәм улыўма мәмлекетлердиң демократиялық раўажланыўына жәрдемлеседи.

Ушырасыў қатнасыўшылары Орайлық Азия Омбудсманлары өткерген мәсләҳәтлесиўлердиң нәтийжелеринен ҳәм олардың жуўмақлары бойынша қабыл етилген «Жол картасы»нан қанаатланғанын атап өтти. Бул регион мәмлекетлериниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм пуқаралардың белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша бирге ислесиўин беккемлеў имканиятын береди. Атап өтилгениндей, бул илаж Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышлап Самарқандта өткерилген Азия инсан ҳуқықлары конференциясының логикалық даўамы болды.

photo5226573173569465057.jpg

Әлбетте, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў тараўында Орайлық Азия мәмлекетлериниң Омбудсманлары арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў жоқары әҳмийетке ийе. Регион мәмлекетлериниң нызам шығарыўшы уйымлары арысында бирге ислесиўдиң кеңейиўи инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша жумыстың нормативлик-ҳуқықый базасын беккемлеў ҳәм модернизациялаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Сондай-ақ, бүгин Өзбекстанның инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў сиясатында ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы кеңнен қатнасыўын, гендер теңлиги ҳәм репродуктивлик саламатлығын тәмийинлеўге тийкарғы итибар берилиўи, бул болса халықаралық  жәмийетшиликтиң жоқары баҳасына миясар болғаны атап өтилди. Усы көзқарастан мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан парламентиниң жоқарғы палатасында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери бойынша комитет шөлкемлестириў басламасы да жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы