Кеше, 21-июнь күни саат 12:00 де Президент мектеплерине онлайн түрде ҳүжжет қабыллаў жуўмақланды. Қабыллаў орайларында қабыллаў процесси бүгин, 22-июнь күни жуўмақланады.

Президент мектеплерине улыўма 27 709 талабан ҳүжжет тапсырған. Соның 9380 и (34 проценти) онлайн, 18 329 ы (66 проценти) болса офлайн түрде, яғный тиккелей қабыллаў орайлары арқалы ҳүжжет тапсырған.

Соның ишинде, Қарақалпақстандағы Президент мектебине 7417 талабан ҳүжжет тапсырған болып, бир орынға орташа 51 оқыўшыдан туўра келмекте.

 

Яғный, буны класслар кесиминде қарайтуғын болсақ:

5-класс ушын улыўма 2020 талабан, 1 орынға орташа 84 талабан;

6-класс ушын улыўма 1354 талабан, 1 орынға орташа 56 талабан;

7-класс ушын улыўма 1254 талабан, 1 орынға орташа 52 талабан;

8-класс ушын улыўма 1091 талабан, 1 орынға орташа 45 талабан;

9-класс ушын улыўма 1033 талабан, 1 орынға орташа 43 талабан;

10-класс ушын улыўма 665 талабан, 1 орынға орташа 27 талабан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.