Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 21-июнь күни Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы улыўмалық мәжилиси болып өтпекте. Сенаторлар мәжилисте «Қурал ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын додалады.

Нызамға муўапық, 21 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары пуқаралық ҳәм аңшылық қуралын ҳәм оның оқ-дәрилерин алыў ҳуқықына ийе.

Нызам жойбары 83 сенатордың 77 си тәрепинен мақулланды, 2 сенатор қарсы болған болса, 4 еўи даўыс бермеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.