Нөкис қаласында Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының филиалы өз жумысын баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги «Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық жумыс алып барып атырған усы жоқары оқыў орны Қарақалпақстан Республикасының санаат потенциалын арттырыў, экономиканың базалық тармақларында жоқары қәнигели кадрлар таярлаўды кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген.

2019-2020-оқыў жылы ушын филиалда «Кәншилик жумысы (хызмет түрлери бойынша)», «Химиялық технология (өндирис түрлери бойынша)» билимлендириў бағдарларына улыўма 50 студент қабылланыўы белгиленген болса, 2020-2021-оқыў жылында «Машина өндириси технологиясы, машина өндирисин үскенелеў ҳәм автоматластырыў», «Технологиялық процеслер ҳәм өндиристи автоматластырыў және басқарыў (тармақлар бойынша)», 2021-2022-оқыў жылынан «Кәншилик электр механикасы» және «Электр энергетикасы (тармақлар ҳәм бағдарлар бойынша)» билимлендириў бағдарлары бойынша да кадрлар таярлаў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў жумыслары басланбақта. Филиал Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси 24-жайда (Нөкис спорт колледжи) жайласқан.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.