Шаң ҳәм дуздың қурғақ бөлекшелери көп муғдарда ушыраўы себепли, шаңлы боранға айланып кететуғын самаллар Өзбекстанның арқа-батысы ушын әдеттеги жағдай болып есапланады. Бул ҳаққында «Өзгидромет»ке тийкарланып Газета.uz хабар берди.

«Өзгидромет» ўәкиллериниң атап өтиўинше, 14-июнь күни жүз берген жағдай – аномал процесс емес.

«Бул аномал процесс емес. Шаңлы боранлар, регионда жүзеге келген жағдай ҳәм климаттан келип шығып жуўмаққа келетуғын болсақ, Қарақалпақстан ушын тән. Самалдың тезлиги секундына 20 метрге шекем күшейиўи прогноз етилген еди. Әдетте бундай самал шаң ҳәм дуз бөлекшелерин ҳаўаға көтереди», – деп мағлыўмат берди «Өзгидромет» ўәкиллери.

Еслетип өтемиз, 14-июнь күни саат 20:32 – 20:38 аралығында бақланған шаң-дуз аралас күшли самал ақыбетинде Нөкис қаласында жайлардың төбелери ушып кетиўи, терек ҳәм столбалардың қулаў жағдайлары бақланған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.