Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары және арнаўлы үскенелерден пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2018-жыл 1-декабрьдеги 975-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүкиметлик қарар жойбары улыўмалық додалаўға қойылды.

Жойбарға муўапық, Уставтың 14-бәнти, жол-патруль хызмети хызметкери өз хызмет ўазыйпаларын атқарыў миннетлемеси бөлимине төмендеги мазмундағы қосымша киргизиў усыныс етилген: «өз-ара қарым-қатнасын өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға жазып алған жол ҳәрекети қатнасыўшыларына усы мағлыўматларды Интернет дүньялық мәлимлеме тармағына өзиниң рухсатысыз тарқатыўы мүмкин емеслигин түсиндириў».

Уставтың 19-бәнти – жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызмети хызметкерлери менен өз-ара қарым-қатнасықларда миннетлемелер бөлимине «өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға жол-патруль хызмети хызметкери менен өз-ара қарым-қатнасықлары жазып алынған мағлыўматларды Интернет дүнья жүзилик мәлимлеме тармағында рухсатсыз жәрияламаў» деген мазмундағы қосымша киргизиў усыныс етилген.

Қарардың жойбары усы жылдың 29-июль күнине шекем додалаўда болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.