Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында елимиздиң уллы саззергери, «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати» орденлери ийеси Нажиматдин Мухаммеддиновтың 80 жыллық юбилейине бағышланған концерт бағдарламасы болып өтти.

Тарийхта  Нажиматдин Мухаммеддиновтың аты ең алды менен Қарақалпақстан Республикасы гимниниң авторы сыпатында қалады. Оның рәң-бәрең дөретиўшилиги қарақалпақ миллий операсы, балети ҳәм симфониясының жаратылыўы менен тиккелей байланыслы. Атап айтқанда, оның қәлемине тийисли Әжинияз операсы ҳәм симфониясының сахналастырылыўы Орайлық Азия мәмлекетлери арасында үлкен мәдений ўақыяға айланды. Композитордың дөретиўшилик ғәзийнесиндеги ҳәр қыйлы жанрлардағы жүзлеп музыкалы, сахналық, хор, камер ҳәм халық сазлары оркестри ушын дөретилген намалары, қосықлары республикамыз оқыў орынларының концерт-педагогикалық репертуарларында беккем орын ийелеген.

Н.Мухаммеддиновтың социаллық искерлиги де өзине тән машаққатлы ҳәм жемисли болды. Ол Қарақалпақстан Республикасының мәденият ислери министри, Композиторлар аўқамының баслығы ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

Композитордың юбилейине бағышланған илажда сөзге шыққанлар оның қарақалпақ мәдениятына қосқан усындай әҳмийетли үлесин, инсаныйлық пазыйлетлерин айрықша тилге алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң, Өзбекистанға хызмет көрсеткен артист, Өзбекистан миллий академиялық театрының директоры Ф.Маъсудов Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигиниң юбилярға арналған қутлықлаўларын оқып еситтирди. Илажда, сондай-ақ, Өзбекистан Композиторлар аўқамының баслығы Р.Абдуллаев,  Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов, «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң сенаторы Г.Аннақлычева ҳәм басқа да шайырлар, көркем-өнер ғайраткерлери, композитордың туўған-туўысқанлары юбилей мүнәсибети менен Н.Мухаммеддиновты  қутлықлады.

Илаж даўамында композитордың дүрдана шығармалары Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, Б.Отарбаевлар дирижёрлығында Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының симфониялық оркестри, халықаралық таңлаўлардың лауреаты А.Өтепбергенов атқарыўында жыйналғанлар итибарына усынылды. Концерт бағдарламасында, сондай-ақ, «Әжинияз», «Гүлайым» операларынан ариялар, хызмет көрсеткен ҳәм халық артистлери, бақсылар атқарыўында қосықлар жаңлап,  миллий ансамбльлеримиз тәрепинен таярланған аяқ ойынлары атқарылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы