Ташкентте 11-июнь күни Өзбекстан – Қытай саўда-экономикалық бирге ислесиўин беккемлеў мақсетинде фронталь жүк тийеў техникалары тараўында халықаралық илаж болып өтти.

Қытай Халық Республикасының “XCMG”  (Xuzhou Construction Machinery Group) корпорациясы ҳәм елимиздеги  “Texnika Advans Servis” компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетимиз ҳәм Қытай тәрепи жүк тасыў техникасын ислеп шығарыў тараўының ўәкиллери, журналистлер қатнасты.

Илажда транспорт-логистика, транзит ҳәм жүк тасыўдағы нәтийжелиликти арттырыўға хызмет ететуғын техникаларды таныстырыў мәресими, бул бағдардағы Өзбекстан – Қытай бизнес шеңбериниң ўәкиллери менен  бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Қытайдың  “XCMG”  кәрханалар тармағы арнаўлы техникалар ислеп шығарыў бойынша дүньяда 5-орынды ийелейди. Корпорацияның структурасы 26 сыңар кәрхана ҳәм  5 илимий-изертлеў орайынан ибарат. “XCMG”  өним сатыў тармағы дүньяның 183 мәмлекетин қамтып алған. Жыллық экспорт көлеми 1,6 миллиард АҚШ долларынан зыят. Компания өткен жыллар даўамында Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесип келмекте.

– Уллы Жипек жолының кесилиспесинде жайласқан Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўиниң тарийхы узақ өтмишке барып тақалады, – дейди «XCMG» корпорациясының вице-президенти Ван Цинжу. – Бүгинги күнде еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Еки мәмлекет басшыларының  жоқары дәрежедеги ушырасыўлары өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашты. Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын жаратылып атырған шараят, қолайлы инвестициялық орталық сырт ел исбилерменлериниң қатарында бизиң де мәмлекетиңизде бизнес жүргизиўге болған қызығыўшылығымызды арттырмақта. Сапарымыз шеңберинде бизнес бирге ислесиўиниң жаңа бағдарлары бойынша шериклик мәселелерин додаладық.

«XCMG» фронталь жүк тийеў техникалары көшпес мүлк, нефт-газ объектлери, жол ҳәм суў объектлериниң қурылысында сондай-ақ, электрлестириў, пайдалы қазылмаларды излеп табыў, қазып алыў, инфраструктураны модернизациялаўда кеңнен пайдаланылады. Компания өнимлерине  болған жоқары талап тек ғана сапа көрсеткишлери емес, ал сервис хызмети бар екени менен де байланыслы. Бүгинги күнде бирге ислесиў шеңберинде кадрлардың қәнигелигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жергиликли кадрлардың XCMG Қытайдағы заводларында қәнигелестирилген оқыў орайларында турақлы түрде тәжирийбе алмасыўлары шөлкемлестирилмекте.

Әнжуманда турақ жай фонды объектлерин модернизациялаў, оңлаў ҳәм қурыў тараўында зәрүр техникаларды жеткерип бериў бойынша «XCMG» корпорациясы менен мәмлекетимиздеги  “Texnika Advans Servis” компаниясы арасында еки тәғреплеме келисимге қол қойылды.

Шериклик байланысларын буннан былай да кеңейтиў, атап айтқанда, 2019-жылы «XCMG» фронталь жүк тийеў техникаларының жаңаланған тармағын ислеп шығарыў ҳәм Өзбекстанға жеткерип бериў бойынша режелер белгилеп алынды.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы