Усы жыл 10июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳәм районлық ишки ислер бөлимлери профилактика инспекторларына хызмет бабында пайдаланыўлары ушын компьютер техникалары ҳәм СИМ-карталарды тапсырыў салтанаты болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында республикамыз аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгенниндей, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен бес айы даўамында жынаятшылық 37 процентке азайыўына ерисилди. Соның ишинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары, жәмийетлик шөлкемлер, билимлендириў мәкемелери менен биргеликте «Мениң мәҳәллемде бирде-бир жынаят болмаўы керек»,-деген сүрен астында өткерилип атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, республикамыздағы 411 пуқаралар жыйынынан үш жүз он тоғызында  бирде-бир жынаят жүз бермеди, 21 пуқаралар жыйынында жынаятшылықтың азайыўына ерисилди.

Айрықша атап өтиў керек, соңғы жыллары таяныш пунктлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, профилактика инспекторларының хызмет ўазыйпаларын атқарыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, оларды социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде таяныш пунктлери профилактика инспекторларына хызмет бабында пайдаланыўы ушын 63 компьютер техникасы топламының, жәмийетшилик пенен байланысларды буннан да беккемлеў мақсетинде профилактика инспекторлары менен ишки ислер бөлимлери баслықларының  жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары-ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси баслықларына уялы телефонларға арнаўлы жеңиллетилген тарифли СИМ-карталарының ажыратылыўы буның айқын дәлийли болып табылады.

– Бизге компьютер техникасы ҳәм уялы телефонларға арнаўлы жеңиллетилген тарифли СИМ-карталарының берилиўи жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Мойнақ районлық Ишки ислер бөлими баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары-ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси баслығы Айжамал Наменова.-Бундай ғамқорлыққа аймағымызда жынаятшылықтың алдын алыў, халқымыздың тынышлығын сақлаўда пидәкерлик хызметимиз бенен жуўап қайтарамыз.

Илаж соңында компьютер техникасы топламы ҳәм уялы телефонларға арнаўлы жеңиллетилген тарифли СИМ-карталары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.