Усы жыл 31-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткен жылы республикамызда «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында әмелге асырылған жумыслардың жуўмақларына бағышланған баспасөз әнжүманы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы» жанындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» дирекциясы баслығының орынбасары Р.Ибрагимов, «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў өткизгишлеринен пайдаланыў басқармасы баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы «Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасы бас инженери Ж.Юлдашев бул бағдарда өткен жылда әмелге асырылған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, өткен жылы республикамызда «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдармасы тийкарында аўыл пуқаралар жыйынларында 19,5 миллиард сумлық 114,8 километр ишки жоллар, «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдармасы бойынша Нөкис қаласында 2,2 миллиард сумлық 6,2 километр жол қурылыс жумыслары алып барылды.  Улыўма алғанда, өткен жылы еки бағдарлама шеңберинде 24,8 миллиард сумлық 127,5 километр ишки хожалық жолларында ири ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Өткен жылы республикамыздың ҳәр бир районының еки аўылында, жәми 30 аўыл пуқаралар жыйынында абаданластырыў жумыслары алып барылған болса, Президентимиздиң усы жыл 20-февральдағы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасын 2019-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйылғы жылы 15 районның ҳәр биринде 3 аўылдан, жәми 45 аўыл пуқаралар жыйынында оңлаў, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў режелестирилген. Ишки жоллардың қурылысына жергиликли ҳәм республикалық бюджеттен, халықаралық финанс институтларының есабынан 86 миллиард 163 миллион сум қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, өткен жылы 29 елатлы пунктте жойбар нырқы 17 миллиард 60 миллион сум болған, узынлығы 149,5  километр узынлықтағы суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Усының есабынан 4 елатлы пунктте жасаўшы 2,9 мың адам орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинленди ҳәм 25 елатлы пункттеги 25,3 мың адамның суў тәмийнаты жақсыланды. Быйылғы жылы бағдарламаға киргизилген үш аўыл орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинленген болса, қалған 42  аўылдың ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде улыўма баҳасы 46  миллиард 84  миллион сумлық, 186,8 километр узынлықтағы суў тармағын, 20 орында суў қурылмасы ҳәм насос станциясын қурыў және реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бир қатарда, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген 41 аўыл пуқаралар жыйынының имаратын, усы аймақлардағы 36 улыўма билим бериў мектебинде, 26 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 16 аўыллық шыпакерлик пунктинде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Усы жерде өткерилген баспасөз әнжуманы бойынша өз  пикир усынысымызды да билдирип кетиўди орынлы деп билдик.

Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети тәрепинен турақлы шөлкемлестирилип киятырған бундай илажды қоллап-қуўатлаў турарлық. Деген менен, баспасөз әнжуманына ҳәр бир тараўдың басшылары тиккелей өзлери қатнасса, мақсетке муўапық болар еди. Себеби, олардың орнына келген ўәкиллер тек мағлыўмат бериў менен шекленип, жәмийетшилигимизди ойландырып жүрген айырым әҳмийетли сораўлар  жуўапсыз қалмақта. Солай екен, алдағы болатуғын илажларға шақырылған тийисли тараў басшылары да, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери де ҳәр тәреплеме таярлықлар менен келсе, тараўдағы бүгинги күни шешимин күтип турған, халқымызды ойландырып жүрген машқалалар бойынша толық мағлыўмат алған болар едик.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.