Балаларды қорғаў күни алдынан социаллық жәрдемге мүтәж, балалығынан майыплығы бар ҳәм кем тәмийинленген балалардың ҳалынан хабар алыў жақсы дәстүрге айланған.

Усы жыл 30-июнь күни усы сәне мүнәсибети менен O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириўинде Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаториясында емленип атырған балалардан хабар алыў илажы өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Қ.Бабашев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары А.Данияров, Б.Қайыпбергенов, исбилермен П.Ережепова ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Олар балалардың жағдайы, олар ушын жаратып берилген шараятлар менен танысты. Балалар ҳәм оларды емлеп атырған шыпакерлер менен сәўбетлести. Байрам мүнәсибети менен санаторияда емленип атырған балалар ушын алып келген естелик саўғаларын тапсырды ҳәм саўалып кетиўине тилеклеслик билдирди.

Усы бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.