Қарақалпақстан Республикасы халқының саны 2019-жыл 1-апрель жағдайына муўапық 1 миллион 875 мың 400 адамды қурап, жыл басынан берли 5,6 мың адамға (0,3%ке) өскен. Бул ҳаққында ҚР статистика басқармасы хабар берди.

Атап айтқанда, қала халқының саны 920,4 мың адамды (улыўма халық санындағы үлеси 49,1%), аўыл халқының саны 955 мың адамды (50,9%) қурады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.