Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде «Энергетика, энергияны үнемлеў, атом энергетикасы, альтернатив энергия дәреклери Power Uzbekistan 2019»  он төртинши халықаралық көргизбеси шеңберинде өткерилген Өзбекстанның халықаралық энергетика конференциясының дәслепки темасы атом энергетикасының елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдағы әҳмийетин таллаўға бағышланды.

«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм «Өзатом» агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген конференцияда жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери, экспертлер, тараў ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти Беҳзод Йўлдошев, «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы бас директорының биринши орынбасары Александр Локшин, Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлигиниң бөлим баслығы Ильзе Эскобар ҳәм басқалар мәмлекетимизде атом электр станциясының қурылыўы бойынша басланған жумыслар тараўдың раўажланыўы жолындағы халықаралық бирге ислесиўлердиң беккемлениўине ҳәм бул бағдардағы әмелий нәтийжелерге ерисиўине түртки болғанын атап өтти.

photo5397584503414827750.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 19-июльдеги «Өзбекстан Республикасында атом энергетикасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тәбийғый ресурсларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм ондағы бар имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыўда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып хызмет етпекте. Биринши рет шөлкемлестирилген конференцияда атом энергиясы, энергияның қайта тикленетуғын ҳәм альтернатив дәреклери, энергетика қәўипсизлиги бойынша тәжирийбе алмасыўға итибар қаратылды. Онда Өзбекстан, Россия, Австрия, Беларусь, Уллы Британия, Венгрия, Италия, Россия, АҚШ сыяқлы мәмлекетлерден қатнасқан экспертлер тараўдағы жаңалықлар ҳәм режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Өзбекстан Республикасы энергетика министриниң биринши орынбасары, «Өзатом» агентлигиниң бас директоры Жўрабек Мирзамаҳмудовтың атап өтиўинше, мәмлекетимизде атом электр станциясын қурыў жумыслары талап ҳәм тәртип бойынша әмелге асырылмақта. Соның ишинде, АЭС ушын майдан таңлаў халықаралық нормалар бойынша үйренилмекте. Соның менен бирге, атом энергиясынан тынышлық мақсетлерде пайдаланыўға қаратылған дәслепки нызам жойбары биринши оқыўдан өткерилген. Кадрларды таярлаў мәселесинде де дәслепки қәдемлер басланып, онда «Москва инженерлик-физика институты» миллий изертлеў ядро университетиниң Ташкентте ашылып атырған филиалында 2019-2020-оқыў жылы ушын 100 студентти қабыл етиўге таярлық көрилмекте.

– Бүгинги конференцияда қатнасып атырғанымнан жүдә қуўанышлыман, – деди Пүткил дүнья жүзилик ядро ассоциациясы жанындағы Пүткил дүнья жүзилик ядро университетиниң директоры Патрисия Уиленд. – Неге десеңиз, Өзбекстан ушын бул әҳмийетли ўақыя ҳәм оған гүўа болып атырғаным мен ушын үлкен мақтаныш. Әлбетте, атом энергетикасын раўажландырыў басқа да тараўларға өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Бундай ийгиликли жумысларда бизлер де оқыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарда көбирек мағлыўматлар алыўда өз жәрдемимизди аямаймыз. «Москва инженерлик-физика институты» миллий изертлеў ядро университетиниң филиалын шөлкемлестириў кадрлар мәселесин шешиўде әҳмийетли қәдем балып есапланады.

Конфереция шеңберинде «Россияның атом технологияларының қәўипсизлиги ҳәм атом энергетикасының раўажланыўында жәмийетшилик пикириниң роли» ҳәм «Келешек энергиясы. Энергияны үнемлеўдеги раўажланыўға нәзер: Энергияның қайта тикленетуғын дәреклери» темаларында сессиялар өткерилди.

photo5399991175454239490.jpg

photo5397584503414827752.jpg

Н.ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы