2019-жыл 2-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимиздиң социаллық-экономикалық, денсаўлықты сақлаў, жәмийетшилик қадағалаўын тәмийинлеў тараўларындағы реформаларды ҳуқықый жақтан беккемлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилистиң басланыўында бүгинги күнниң ең әхмийетли мәселелеринен бири сыпатында қаралып атырған-мәмлекетимиздиң туризм имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, туризм тараўын тәртипке салыўға қаратылған «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары 2018-жылдың 9-октябрь күни парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилген еди. Өткен ўақыт аралығында мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 8-августтағы «Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманынан келип шығып, депутатлар тәрепинен билдирилген бир қатар пикир-усыныслар тийкарында усы нызам жойбарындағы усынылған нормалардың орны тиккелей әмел ететуғын статьялар менен толықтырылды. Атап айтқанда, нызам жойбарында туризм жумысын шөлкемлестириўди тәмийинлейтуғын туризм кәрханалары-туризм операторлары, туризм агентликлери, экскурсия шөлкемлери, туризм фирмаларының туризм жумысларын әмелге асырыўы тек ғана лицензия тийкарында алып барылыўы белгилеп қойылмақта. Усының нәтийжесинде туризм жумысын әмелге асырыў нийетинде болған қәлеген юридикалық ҳәм физикалық шахсқа буннан былай усы лицензия тийкарында еркин жумыс ислеў имканияты жаратылады.

Депутатлардың пикиринше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи мәмлекетимизге келиў нийетинде болған туристлер ушын және де жеңил ҳәм қолайлы шараят жаратады, туризм тараўын жедел раўажландырыў, тараў потенциалын тәмийинлеў ҳәм оның инфраструктураларын дүнья стандартларына сай рәўиште жетилистириў имканиятын береди.

Мәжилисте «Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың аўқатланыўы ҳаққында»ғы нызам жойбарын  додалаўда қызғын өтти. Биринши оқыўда көрип шығылған бул нызам жойбарында нәрестелерди ана сүти менен бағыўды үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, балалар азық-аўқат өнимлерине қойылатуғын талаплар, оларға әмел етиў илажлары, сертификатлаў мәселеси ҳәм усы тараўда медицина хызметкерлериниң орны ҳәм ўазыйпалары белгилеп қойылмақта. Сондай-ақ, бул тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, онда Министрлер Кабинети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, пуқаралардың ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкилликлери де анықластырылмақта.

Ең тийкарғысы, нызам жойбарында нәрестелер, киши жастағы балалар менен бирге аналар болыўы мүмкин болған медициналық бирлеспелерде, сондай-ақ, басқа шөлкемлерде, жәмийетлик орынларда тийисли санитариялық қағыйдалар ҳәм гигиеналық нормативлерге жуўап беретуғын нәрестелер ҳәм киши жастағы балаларды емизиўге сай болған арнаўлы ажыратылған орынларды шөлкемлестириў көзде тутылмақта.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы нызам жойбары мәмлекетте саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўға қаратылған бир қатар илажлардың логикалық даўамы ҳәм нызамлы тийкары болып хызмет етеди.

Мәжилисте көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы бойынша келисим комиссиясын дузиў ҳаққындағы мәселе пикир-таласлар тәризинде өтти.

Гәп сонда, Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жыл 6-февральда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының  айырым нызам хүжжетлерине жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам 2019-жыл 28-февральда Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде көрип шығылды ҳәм бийкар етилди. Бул парламент жумысында ушырасатуғын жағдай.

Пикирлердиң көп түрлилиги, көз қараслардың ҳәр қыйлылығы, өз-ара пикир талас ҳәм тартысыўлар нызам дөретиўшилиги-парламентаризмниң ең әҳмийетли принциплеринен бири болып есапланатуғынын айрықша атап өтиў керек. Усы мәниде парламенттиң төменги палатасы тәрепинен киргизилген бул нызамның айырым тәреплери, қалаберсе, жетилистирилиўи, нормаға жеткерилиўи зәрүр болған айырым нормаларының барлығы ямаса сондай сезилиўи парламенттиң жоқарғы палатасының ўәкиллеринде пикир талас оятқан болыўы тәбийғый жағдай. Бундай жағдайларда Конституцияның 84-статьясына тийкарланып, Олий Мажлис Сенаты тәрепинен бийкар етилген нызам парламенттиң Нызамшылық палатасына қайтарылады. Усы мүнәсибет пенен нызам бойынша пикир талас өткерилип, бирден-бир тоқтамға келиў мақсетинде нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипке бола, Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасында теңлик тийкарында келисим комиссиясы дүзилди.

Палаталардың келисим комиссиясы бир пикирге келгеннен соң, нызам әдеттеги тәртипте көрип шығылады ҳәм қабыл етиледи.

Егер Сенат тәрепинен бийкар етилген нызамды қайта көрип шығыўда Нызамшылық палатасы депутатларының улыўма санының үштен еки бөлегинен ибарат көпшиликтиң даўысы менен нызам және мақулланса, нызам Олий Мажлис тәрепинен қабыл етилген болып есапланады ҳәм қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине Нызамшылық палатасы тәрепинен жибериледи.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине байланыслы басқа да мәселелер де додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети