Өзбекстан миллий Олимпиада комитетиниң берген хабарына бола, Шыршық қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети манежинде болып өткен аўыр атлетика бойынша үлкен жастағылар арасындағы Өзбекстан чемпионаты жуўмақланды.

Жарыстың соңғы күнги бағдарламасында ерлер арасында аўыр салмақ категориясында жеңимпазлар анықлап алынды. Күтилгениндей абырайлы жарыслар жеңимпазы  Рустам Жангабаев өз салмақ (+109кг) категориясында –440кг (200кг+240кг) тас көтерип жеңимпаз болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги