Усы жыл  28-февральда Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен тастыйықланып, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» деген идея астында мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы әҳмийетли мәселелер бойынша өткерилетуғын баспасөз конференцияларының 2019-жыл 1-ярым жыллық режеси ислеп шығылған еди.

Усы режеге муўапық, орынларда ғалаба хабар қуралларының ҳәм тийисли тараў қәнигелериниң қатнасында баспасөз конференциялары, ушырасыўлар өткерилмекте.

Усындай баспасөз конференциясы «Бажыхана уйымларында Қәўипти басқарыў системасының толық енгизилиўи – ҳадал исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли фактор» темасында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында болып өтти.

Оған тараў басшылары, қәнигелери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Баспасөз конференциясында басқарма баслығының биринши орынбасары И.Казаков, аға инспекторы Н.Назарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-февральдағы 163-санлы «Мийўе-овощ өнимлерин экпорт етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, усы реже Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-октябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3978-санлы қарары талапларын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған болып, ол арқалы мийўе-палыз өнимлерин экспорт етиў тәртиби белгиленди.

Мәселен, исбилерменлик субъектлери көтере саўда етиў бойынша лицензияға ийе болмай-ақ мийўе-овощ өнимлериниң экспортын әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Бунда жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мийўе- овощ өнимлериниң экспорт түсимлерине бирден-бир салық төлеми төлениўин нәзерде тутатуғын салыққа тартыў тәртиби қолланылады. Сондай-ақ, экспорт етиўши юридикалық шахслар мийўе-овощ өнимлериниң экспортын дәслепки төлемсиз, аккредитив ашпай турып, банк кепиллигин рәсмийлестирмей-ақ және экспорт контрактин коммерциялық қәўиплерден қамсызландырыў полисиз әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Бирақ, төлем ушын 120 күн мүддет бериледи. Төлем мүддетин өткерип жиберген юридикалық шахслар – реестрге киргизилген ҳадал емес экспорт етиўши кейинги экспортын тек 100 процент алдыннан төлеў шәрти менен әмелге асырыўы мүмкин…

Усы қарар қабыл етилген күннен баслап усы күнге шекем 14 партиядағы 526 тоннадан зыят 107 мың долларлық мийўе-овощ өнимлери Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасына қараслы сыртқы экономикалық бажыхана постлары арқалы экспортқа рәсмийлестирилген.

Сондай-ақ, илажда бажыхана системасында енгизилген басқа да жаңалықлар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылары ҳәм журналистлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.