Өзбекстан мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде «Муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў менен байланыслы машқалалар ҳәм олардың шешимлери» атамасындағы баспасөз конференциясында қатнасқан ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов төмендегилерди мәлим етти, деп жазады Дарё басылымы:

– Елимиз басшысының ең дәслепки қарары да муғаллимниң абырайын арттырыўға бағдарланған еди. Ўақты келип жәмийетте муғаллимниң абырайы буннан да жоқары болады. Президентимиз ҳәр бир видеоселекторда муғаллимлер ҳаққында бәрқулла айтып өтеди. Олардың айлығын 1000 долларға шекем көтермегенше тоқтамаймыз, деп көп айтады. Несип етсе, әлебетте, сол дәрежеге жетемиз.

Еслетип өтемиз, 2018-жылдың 14-август күни ӨзР Президентиниң «Жасларды руўхый-этикалық ҳәм физикалық жақтан баркәмал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында елимиз тарийхында биринши мәрте муғаллимлердиң мийнет ҳақылары еки басқышта – 2018-жылдың 1-сентябринде ҳәм 2019-жылдың 1-январында көбейтилди.

Ҳәзирги ўақытқа келип, муғаллимлердиң базалық тариф ставкалары тийкарында 1 509 255 сумнан 2 225 865 сумға шекем айлық мийнет ҳақысы белгиленди. Соның менен бирге, педагоглар дәптер тексериў ҳәм класс басшылығы ушын қосымша ҳақы алмақта. Бул болса 13 мыңнан аслам еркек муғаллимлердиң мектеплерге қайтыўына себеп болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги