Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшылары пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитине саяхат етти. Бул ҳаққында Paziylet.uz сайты хабар берди.

Балалардың кеўиллерин көтериў, оларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилген саяхатта мешит хызметкерлери оқыўшыларға мешиттиң тарийхы менен таныстырып, китапхана ҳәм мешиттиң шығыс архитектурасы үлгилери бойынша қурылған имаратларын көрсетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги