Өзбекстан Қорғаныў министрлигинде жаңа тайынлаў әмелге асырылды, деп жазады министрликтиң баспасөз хызмети.

Өзбекстан Президентиниң тийисли бийлигине муўапық, Арқа-батыс әскерий округи командири лаўазымында хызмет етип киятырған полковник Фарҳод Набижонович Ортиқов лаўазымынан азат етилип, Чырчық жоқары танк командирлик-инженерлик оқыў орны баслығы лаўазымына тайынланды.

Оның орнына округ әскерлери командири етип Шығыс әскерий округине қараслы Ғурумсарай гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде командир лаўазымында хызмет етип киятырған полковник Дилшод Садуллаевич Чориев тайынланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.