USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 26 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚОЛАЙЛЫ ҲӘМ ТАРТЫМЛЫ БИЗНЕС ОРТАЛЫҒЫ – ИСБИЛЕРМЕНЛИК ЖУМЫСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ФАКТОРЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикрлесиў мақсетинде 12-13-март күнлери Наўайы ўәлаятында болды.

Сапар етиўдиң екинши күни Президентимиз Наўайы қаласында ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди. Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилиске ўәлаят белсендилери, депутатлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, қалалар менен районлардың ҳәкимлери, нуранийлер, жас исбилерменлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятты комплексли раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Атап өтилгениндей, Наўайы ўәлаяты елимиз санаатының беккем тиреги болып, оның 10 процент өнимин тәмийинлейди. Реформалар нәтийжесинде өткен жылы ўәлаятта инвестициялар  1,8 есеге, қурылыс жумыслары 28 процентке, хызмет көрсетиў – 12 процентке өскен. Сондай-ақ, дерлик 1 триллион сум инвестиция есабынан 420 өндирислик ҳәм хызмет көрсетиў объекти иске түсирилген.

Мәжилисте атап өтилгениндей, бар резерв ҳәм имканиятлардан толық пайдаланылмай атыр. Ўәлаят экономикасы тийкарынан бир неше ири кәрханаға байланыслы болып қалғаны, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жеткиликли раўажланбағаны атап өтилди.

Ўәлаятта исбилерменликти раўажландырыўға үлкен түртки бериў ушын сондай қолайлы ҳәм тартымлы бизнес орталығын жаратыў керек, тек ғана жергиликли емес, ал басқа да ўәлаятлардың халқы бул жерге келип, исбилерменлик пенен шуғылланыўға умтылсын. Басқаша айтқанда, Наўайы ўәлаяты – исбилерменлер ўәлаятына айланыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Наўайы ўәлаятын экспортқа қаратылған инновациялық ҳәм жоқары технологиялы өндирислер бойынша еркин экономикалық зонаға айландырыўды усыныс етти. Атап өтилгениндей, бул ушын Бас министр орынбасарының басшылығында арнаўлы комиссия дүзилип, усы экономикалық зона қатнасыўшыларына берилетуғын жеңилликлер менен преференциялар системасы белгиленеди.

Мәжилисте инвестицияларды жедел тартыў, жаңа заманагөй кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Наўайы ўәлаятында 2019-2020-жылларда әмелге асырылатуғын улыўма нырқы 26 триллион 368 миллиард сумлық 511 инвестициялық жойбардан ибарат бағдарлама ислеп шығылғаны мәлим етилди.

Бул бағдарлама тийкарында 1 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм кредитлерин өзлестириў, 17 мың 400 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соның ишинде, Наўайы ыссылық электр станциясы, «Қызылқумцемент», «Наўайыазот» акционерлик жәмийетлери ҳәм басқа да тармақларда 12 ири жойбар әмелге асырылады.

Биринши гезекте, Нурата, Хатирчи, Тамды, Кенимех сыяқлы раўажланыў дәрежеси төмен болған районларда жаңа санаат кәрханаларын шөлкемлестириўге айрықша әҳмийет қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз Нурата районындағы Ғозғон посёлкасына қала статусын берип, оны пардоз тасларын қазып алыў ҳәм қайта ислеўге қәнигелескен санаат қаласына айландырыў усынысын алға қойды. Гранит ҳәм басқа да пардоз тасларын санаат усылында қазып алыў, қайта ислеў ҳәм таяр қурылыс материалларын ислеп шығарыў кәрханаларынан ибарат кластер шөлкемлестириў бойынша нырқы кеминде 200 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди.

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығындағы имканиятларды да таллап, пахтадан босаған майданларда базарға қолайлы мийўе-овощ жетистириўдиң, ўәлаятта тармақлардан нәтийжели пайдаланыўдың есабынан аўыл халқын бәнт етиў ҳәм дәраматын арттырыў, қыйтақ жерлерге егин егиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтериў, тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қаракөл тери таярлаўды көбейтиў, экспорт көлемин арттырыў бойынша тапсырамалар берди.

Елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, халықтың турмыс сапасын, инвестициялық ықлымын, исшеңлик орталығын жақсылаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетлик хызметлер орайларында халыққа тез, сапалы ҳәм кең түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетиў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Шавкат Мирзиёев белсендилер мәжилисинен соң Наўайы қалалық Мәмлекетлик хызметлер орайының жумысы менен танысты.

Орайда электрон нәўбет системасы енгизилген, пуқараларға 100 ден аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи. Нотариал хызметлер, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў, паспортты рәсмийлестириў, айдаўшылық гүўалығын алмастырыў ҳәм басқалар усы жердиң өзинде әмелге асырылады.

Қарыйдарларға қолайлық жаратыў мақсетинде балалар майданшасы, кафе, китап оқыў ханасы, бийпул 28-F8 байланысы  шөлкемлестирилген. Бул жерге келгенлер олардан пайдаланып, күтиў ўақтын мазмунлы өткериўи мүмкин.

Орайға келе алмайтуғын және алыс аўылларда жасайтуғын халыққа арнаўлы транспортларда орынларға шыққан ҳалда хызмет көрсетиледи.

Президентимиз орайдың жумысы менен танысып, бундай орайларда тийкарғы мақсет пуқараларды мәмлекетлик уйымлардың жумысынан разы етиў екенин атап өтти.

Мәмлекетлик хызметлер орайларында ең тийкарғы талап – қарым-қатнас мәденияты болыўы керек. Бул жерге келген ҳәр бир инсан машқаласына шешим, сораўына жуўап табыўы зәрүр. Барлық ҳәрекетлеримиз әне усы мақсетке қаратылған, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Халық қабыллаўханасының орайдағы бөлимине кирип, хызметкерлер менен сәўбетлести. Халық қандай мәселелер бойынша мүрәжат етип атырғаны менен қызықты.

Усы жерде Наўайы ўәлаятында исбилерменлик, киши бизнес ҳәм өнерментшиликти раўажландырыўға байланыслы жойбарлар менен таныстырыў болып өтти. Атап айтқанда, эксперимент тәризинде «Наўайы – ибилерменлер ўәлаяты» жойбары әмелге асырылады. Бунда қолайлық жаратыў мақсетинде исбилерменлик субъектлерин дизимнен өткериўде мәмлекетлик бажы еки есеге азайтылады. Бир қатар хызмет көрсетиў тараўларына жеңилликлер бериледи.

Президентимиз мәмлекетлик хызметлер орайында исбилерменлер ушын хызмет түрлерин кеңейтиў, атап айтқанда, оларға жер ажыратыў, қурылысқа рухсат алыў сыяқлы процесслерди интеграциялаў бойынша көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Наўайы қаласындағы 3-санлы ишки ислер бөлимин барып көрди.

Президентимизге бул жерде жаратылған шараятлар, мәҳәллелердеги тынышлықты беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Усы жылдың январь-февраль айларында Наўайы ўәлаятында жынаятлар саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 54 процентке, Наўайы қаласында болса 63 процентке азайғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторлар менен сәўбетте ҳаял-қызлардың турмыс шараятын үйренип барыў, мүшкилин жеңиллетиў зәрүрлигин атап өтти.

Егер жәмийетимизде әдилликти жүзеге шығаратуғын болсақ, бәринен бурын, ҳаял-қызлардың исенимин ақлаўымыз, оларды қәстерлеп сақлаўымыз керек. Ҳаяллардың жасаў тәризи, дүнья қарасы шаңарақ орталығын белгилейди. Бул перзентлер тәрбиясы ушын оғада әҳмийетли, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы ишки ислер бөлиминдеги ситуациялық орай менен танысты. Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қәнигелескен программалық өнимлер жаратыў, жынаятшылықты түрлерине қарай таллап, олардың алдын алыў бойынша усыныслар берди.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА