Үлкемизге бәҳәр кирип келиўи менен үйлердиң қапталында, атызларда, мәкеме-шөлкемлердиң әтирапында шембилик ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылады. Бундай жумысларды ислеген ўақытта қуўрап қалған от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеў, жыйнап болып  қараўсыз қалдырыў ақыбетинде өрт келип шығыў жағдайлары жүз бермекте. Итибарсызлық ақыбетинде тәбиятқа ҳәм адамларға зыян тиймекте.

Усындай кеўилсиз жағдайлардыӊ бири Беруний районы Мақтумқулы АПЖда жасаўшы Г.Юныӊ мал қорасыныӊ, жыйнап қойған от-шѳплериниң өртениўине алып келди. Себеби, пуқара үй қапталын тәртипке келтирип, қуўраған шөплер менен тасландыларды өртеп, қараўсыз қалдырған. Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ҳүрметли пуқараларымыздан, мәкеме-шөлкемлердиң басшыларынан тѳмендегиге итибар бериўин, бундай итибарсызлықлар ушын жәрийма салынатуғынын ескертпекшимиз.

Егер пуқаралар қуўрап қалған от-шөплер ҳәм тасланды шығындыларды өртеп тәбиятқа экологиялық зыян келтирсе Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 88-статьясы 3-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, пуқараларға ең кем айлық мийнет ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем айлық мийнет ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Егер буның ақыбетинде өрт келип шықса ҳәм материаллық зыян келтирсе  Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиўниң 211-статьясы 3-бөлими менен пуқараларға ең кем  мийнет ҳақының 3 есесинен 5 есесине шекем, ал лаўазымлы шахсларға ең кем  айлық мийнет ҳақының 7 есесинен 10 есесине шекем жәрийма қолланылады.

Ҳүрметли пуқаралар!

Сизлерден абаданластырыў ҳәм шембилик жумыслары ўактында жыйналған қуўраған от-шөплерди ҳәм тасланды шығындыларды өртемеўиңизди, қала ҳәм район аймағында орнатылған тийисли тасланды таслаў орынларына шығарып таслаўынынзды соранамыз.

 

Махмуд Сейдуллаев,

Қарақалпақстан Республикасы

ИИБ Өрт қәўипсизлиги баскармасы  

баслығының орынбасары, подполковник