Бәҳәр паслының кирип келиўи менен халқымыз «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамын асығыслық пенен күтеди. Санаўлы күнлерден кейин биз асығып күткен байрам да келеди. Шынында да, Наўрыз халықымыздың ең әййемги, тийкарғы миллий байрамы. Бул байрам ғәрезсизлик жылларында жаңа мазмунға ийе болып, шын мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланды.

Ҳәр жылы бул байрам республикамыздың барлық орынларында жоқары көтериңкилик руўхта белгиленеди.

Елимизде байрамға таярлық жумыслары әлле қашан баслап жиберилген. Быйылғы байрам тамашаларын өткен жылдағыдай халық сейиллери тәризинде өткериў режелестирилмекте.

Онда фольклор-этнографиялық  топарлар менен ансамбльлер, белгили көркем өнер хызметкерлери, ҳәўескер қосықшы ҳәм сәзенделер, бақсылар қатнасыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, байрам сейиллерин пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында, «Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында өткериў режелестирилмекте.

Байрам бағдарламасынан қарақалпақ миллий ойынлары – палўанлар гүреси, арқан тартыспақ, қошқар дүгистириў тамашалары, қызықлы ойын-заўықлар болып өтеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы