Өзбекстан мобиль интернет арзанлығы бойынша дүньяда 69-орынды ийеледи. Бул ҳаққында 230 мәмлекетте мобиль хызметлер баҳасы көрсетилетуғын Worldwide mobile data pricing рейтинги мағлыўматларында келтирип өтилген, деп жазады Дарё.

Өзбекстанда тармақ гигабайты ушын 3,27 доллар төленеди.

Салыстырыў ушын, Кырғызстанда гигабайт 27, Қазақстанда 49, Украинада 51, Россияда 91 цент, Аўғанстанда 1,60 доллар болып есапланады.

Өзбекстанға салыстырғанда интернет Тәжикстан ҳәм Түркменстанда қымбат. Бул мәмлекетлерде гигабайт баҳасы тийисли тәризде 4,84 ҳәм 19,81 доллардан ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги