Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 6-марттағы «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасынан төмендеги ҳаял-қызлар мәмлекетлик орденлер менен сыйлықланды:

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Абдирова Тазахан Мәмбеткаримовна – «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң цех аппаратшысы.

 

«Дўстлик» ордени менен

Дәўлетова Гүлистан Өтемисовна – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр.

 

Қошымбетова Қутлы Абдуллаевна – Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги