Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-март күни Экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Россия ҳүкиметлераралық комиссиясының жәрдемши баслығы, Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министри Максим Орешкинди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен Россия арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар, сондай-ақ, көп қырлы әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып, избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

573121fb-0008-d591-ead8-6acf39c21de3.jpg

Турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги байланыслар ҳәм мәмлекет басшылары арасындағы исенимге тийкарланған сөйлесиў, мәмлекетлеримиз уйымлары, аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасындағы шериклик және алмасыўлар жеделлескени саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы нәтийжели бирге ислесиўди жоқары дәрежеде арттырыўға хызмет етти.

Россия Президенти Владимир Путинниң өткен жылдың октябрь айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары бирге ислесиўди жаңа әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.

2018-жылдың жуўмақларына бола, өз-ара саўда көлеми 20 процентке артып, дерлик 6 миллиард долларға жетти. Россияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында, соның ишинде, энергетика, нефть-газ, химия, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, азық-аўқат және көплеген басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өз-ара сөйлесиўдиң жаңа көп дәрежели форматы, яғный еки мәмлекеттиң Бас министрлери басшылық ететуғын Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша биргеликтеги комиссияның дүзилиўи, әлбетте, көп қырлы шерикликти кеңейтиў бойынша ерисилген келисимлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оларды өз ўақтында әмелге асырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары қатарында мәмлекетимиз аймақларында Россия компанияларының қатнасыўында агрокластерлер ҳәм логистикалық орайларын шөлкемлестириў, Өзбекстан мийўе-овощ ҳәм тоқымашылық өнимлерин Россия базарына көп муғдарда көтере саўдада жеткерип бериў бойынша жаңа системаны енгизиў, аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында өз-ара алмасыўларды кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў атап өтилди.

Россия экономикалық раўажланыў министри мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Ҳүкимет Баслығы Дмитрий Медведевтиң сәлемин және ең жақсы тилеклерин жеткерди.

f2b05117-d7f6-5115-43ec-01e8fc84b817.jpg

Максим Орешкин Өзбекстанда мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, экономиканы либералластырыў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, инвесторларды және исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

Россия өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм номенклатураны кеңейтиў, түрли тараўларда перспективалы биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын буннан былай да зәрүр илажлар көриўге таяр екени атап өтилди.

ӨзА