Өзбекстанда миллий жоқары оқыў орынларында авиация тараўына қәнигелер таярлаў қайта тикленеди. Бул ҳаққында жолаўшы ҳәм жүк тасыўларды еле де раўажландырыў бойынша жол картасында атап өтилген.

Атап айтатуғын болсақ, миллий жоқары оқыў орынларында авиация тараўына қәнигелер таярлаўды тиклеў бойынша Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары ислеп шығылады. Әмелге асырыў мүддети – 2019-жыл 1-апрельге шекем. Жуўапкерлер – Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Транспорт министрлиги.

Сондай-ақ, «Транспорт логистикасы» бағдары бойынша жоқары тәжирийбели қәнигелер ҳәм басқарыў кадрларын таярлаўды шөлкемлестириўдиң нәтийжелилиги арттырылады. Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары ислеп шығылады.

Әмелге асырыў мүддети – 2019-жыл 1-апрельге шекем. Жуўапкерлер – Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Транспорт министрлиги.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги